%V 1 %L uzindex631 %X

Мақалада қарақалпақ тил билиминде паремиология тараўын қәлиплестириўдиң әҳмийети тийкарлап бериледи. Қарақалпақ тилиниң паремиологиялық қорын ҳәр тәреплеме изертлеў арқалы халық данышпанлығының қысқа, аз сөзли, терең мәнили бирликлериниң – паремиологизмлердиң фонетикалық, лексика-семантикалық, грамматикалық, тарийхый-этимологиялық, стильлик ҳәм т.б. өзгешеликлерин ашып бериўдеги тийкарғы ўазыйпалар көрсетиледи. Сондай-ақ, паремиологиялық бирликлерди изертлеўдиң бир неше бағдарлары көрсетиледи.

%P 59-66 %N 3 %D 2023 %T ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИ ПАРЕМИОЛОГИЯСЫН ИЗЕРТЛЕЎДИҢ ӘҲМИЙЕТИ %A БИЙБИСӘНЕМ ЮСУПОВА %J INTERNATIONAL JOURNAL OF RECENTLY SCIENTIFIC RESEARCHER'S THEORY